
___Мадреймов Тажетдин Сагатдинович – 1987-жыл 21-октьябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында туўылған. Мағлыўматы жоқары, қәнигелиги инженер-гидротехник. 2014-жылы Ташкент Мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалын (күндизги бөлими) тамамлаған.
___Ол өзиниң мийнет жолын 2003-2008 жыллары аралығында Қараөзек районы “Мадрейм-ата” фермер хожалығында ҳәм 2008-2010 жылларда Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасына қараслы «Қуўаныш-Жарма» ирригация тармақлары басқармасының компьютер бойынша техниги лаўазымында жумыс ислеп баслаған.
___2014-жылы Ташкент Мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиялын тамамлағаннан соң 2014-2016 жылларда «Қуўаныш-Жарма» ирригация тармақлары басқармасының 1-дәрежели инженери, 2014-2018 жыллар аралығында Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасының ҳәр қыйлы жоқары лаўазымларда жумыс ислеп, 2018-2019 жыллары Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Ирригация тармақлары ҳәм гидротехник иншаатлардан пайдаланыў бөлими бас қәнигеси, 2019-2020 жылларда усы министрликтиң Инвестицияларды қаратыў ҳәм инновацион технологияларды енгизиў секторы баслығы, 2020 жылда Қурылыс ҳәм оңлау жумысларын шөлкемлестириў секторы баслығы лаўазымларында жумыс алып барған.
___2020 жылдың август айынан баслап Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри орынбасары лаўазымында жумыс ислеп келмекте.