Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 14-март күни Суў хожалығы жуўапкерлери Кегейли районында көшпели қабыллаўлар өткерген еди.

Илажлар даўамында суў хожалығы мәселелеринен тысқары халық тәрепинен өзин-өзи бәнт етиў ҳәм дәрамат табыў бағдарында әмелий жәрдем соралған мүрәжатлар да болды. Суў хожалығы басшылары бул мүрәжатларды да итибардан шетте қалдырмады.
Бүгин, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы “Суў хожалықназорат” инспекциясының баслығы Р.Рахимов көшпели қабыллаўлар даўамында мүрәжат еткен ҳаял-қызларға тигиў машиналарын тапсырды.

– Заманагөй ҳәм мен ушын зәрүр болған маркадағы тигиў машинасын берди, – дейди “Жанабазар” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Гүлназ Аяпбергенова. – Көшпели қабыллаўда тийкарғы мәселе суў хожалығына байланыслы екенин билип дәслеп үндемей отырдым.
Жуўапкерлер ҳәмме менен ашықтан-ашық сөйлесип, илажы болғанынша жәрдем бериўин айтқаннан соң, усындай маркадағы машина болса, тигиўшилик арқалы жумыслы болыў, руўзыгершилигимди толықтырыў имканиятым бар екенлигин айтқан едим.
Мине бүгин тигиў машинасын әкелип берди. Буның ушын Суў хожалығы басшыларына үлкен рахмет айтаман ҳәм мүрәжатымыз унамлы шешилгени ушын миннетдарман. Бул бизиң шаңарағымыз ушын Наўрыз байрамына мүнәсип саўға болды.

Сондай-ақ, Р.Раҳимов райондағы суў хожалығы басшылары менен биргеликте “Халқабад” мәҳәллесиндеги Гулимхан Абдийева ҳәм “Кумшунгул” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Гөззал Шымбергеноваларға да усындай заманагөй тигиў машиналарын тапсырды.
Бул жумысларды Кегейли районында Суў хожалығы министрлиги тәрепинен “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың үзликсиз даўамы, деп айтыў мүмкин.

Итибарлысы, суў хожалығы басшыларына етилген ҳәр бир мүрәжат қадағалаўда ҳәм оларды унамлы шешиўде аймақлардағы суўшылар жәмәәти де бар күш-имканиятларын жумсамақта.
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлиги Баспасөз хызмети