Усы жылдың 22-май күни кɵп жыллар суў хожалығы саласында нǝтийжели мийнет еткен, жақын жылларға шекем “Суенли” ирригация тармағы басқармасы баслығының орынбасары лаўазымында ислеп келген Муратбай Сапаров 67 жасында дүньядан ɵтти.
Муратбай Сапаров 1957-жыл Қарақалпақстан Республикасының Тахтакɵпир районында туўылған ҳǝм 1984-жыл Ташкент ирригация ҳǝм аўыл хожалығы механизацияластырыў инженерлери институтын тамамлап, республикамыздағы бир неше суў хожалығы шɵлкемлеринде нǝтийжели мийнет етти.
Атап айтқанда, 1984-1986 жылларда Тахтакɵпир райони ирригация ҳǝм аўыл хожалығын механизацияластырыў калонясында, 1986-1988 жылларда “Қорақолпоқсувқурилиш” трестинде жумыс алып барды. М.Сапаров жуўапкерли лаўазымларда да ислеген. Атап айтқанда “Оралсувқурилиш” компаниясында бɵлим баслығы, бас инженер, баслық орынбасары лаўазымларында ислеген. Кейинги жылларда Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлигине қараслы шɵлкемлерде жуўапкер лаўазымларда, атап айтқанда “Суенли” ирригация тармағы басқармасы баслығының орынбасары болып иследи.
Муратбай Сапаров пенен бирге ислескенлер, барлық суўшылар марҳумның шаңарақ ағзалары ҳǝм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиреди. Суў жожалығи тараўында кɵплеген жасларға устазлық еткен, шын инсаний пазыйлетлер ийеси болған Муратбай аға Сапаровтың естелиги суўшылар ядында мǝнги сақланып қалады.
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлиги