СУЎЛАРДЫ ҚӘЎИПСИЗ ӨТКИЗИЎ, СУЎҒАРЫЎЖУМЫСЛАРЫН НӘТИЙЖЕЛИШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ БОЙЫНША ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУЎ ХОЖАЛЫҒЫМИНИСТРЛИГИНИҢ МΥРӘЖАТЫ

 

Әйне күнлерде Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында шор жуўыў иләжлары әмелге асырылып атыр. Шор жуўыў иләжлары ушын районлардың суўға болған талаплары тийкарында Әмиўдәрья дәрьясына усы жылдың 20-февраль күнинен баслап секундына 1100 метр куб суў сарпы орнатылди. Бүгинги күнде республикамыз бойынша жәми деректен секундына 700 метр куб суў сарпы алынып, барлық районларға жеткизип берилип атыр.

 Суў хожалығының барлық тармақ шөлкемлери дыққатына!

 Суў тасқыны менен байланыслы жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ири гидротехникалық имаратлары, гидроузеллер, каналлардың бас имаратларында, насос станцияларында ҳәмде қәўип дәрежеси жоқары болған басқа суў хожалығы объектлеринде күн-түн нәўбетшилик шөлкемлестириў керек.

Ири суў хожалығы объектлериндеги әмелдеги резерв электр дереклерин жумысшы жағдайға келтириў ҳәм оларды жеткиликли жанылғы менен тәмийинлеў ҳәм де айрықша жағдайларда оператив шаралар көриў бойынша барлық зәрүр техникаларды шай жағдайға  келтириў, соның менен бирге, жумысшы күши ҳәм қурылыс материаллары резервин жаратыў, каналлар жағалары дамбаларының жарылып  кетиўи менен байланыслы айрықша жағдайлардың келип шығыў факторлары, қәўип туўылғанда асығыслық пенен зәрүр шараларды көриўлери және бул ҳаққында администрацияға ҳәм министрликтиң диспетчерлик хызметине мағлыўмат бериўлери соралады.

 Аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм барлық суў тутыныўшылары дыққатына!

 Кейинги жылларда районлардағы суўғарыў тармақларында суў қәдди ҳәзиргидей көтерилмегенлиги себепли, топырақ ишинде жүзеге келген бослық жоллар арқалы суў сызып шығыў нәтийжесинде канал жағаларыжемирилип, суў тасқынлары жүзеге келип атыр.

 Аймақларда шор жуўыў ҳǝм суўғарыў жумысларын оптимал мүддетлерде жуўмақлаў, сондай-ақ, бар суўлардан үнемли пайдаланыў мақсетинде каналлардың суў ɵткериў қǝбилетин есапқа алған ҳалда суў жеткерилмекте. Кейинги жағдайларды үйренгенимизде айрим каналлардың 12-15 км жағалаўына орташа бир суўшы қадағалап атырғаны мәлим болды. Суў қадағалаўшылар санының шекленгенлигин айрым каналларда суўды басқарыўда қийиншылықларды келтирип шығармақта.

Жоқарыдагиларни инабатқа алып, аўыл пуқаралар жыйыны баслықлары, кластер-фермер хожалығы басшылары, кыйтақ жерийелери, соның менен бирге, район ҳәкимлиги кең жәмийетшилик ўәкиллерин бул илажға тартқан ҳалда суўды қәўипсиз өткериў, шор жуўыў ҳәм де суўғарыў жумысларын шөлкемлескенликпенен өткериўде аймақтағы суўшыларға көмеклесе болып, айрықша жағдайлардың алдын алыўда белсене қатнасыўңызды сораймыз.

 Қарақалпақстан Республикасы

 Суў хожалығы министрлиги Баспасөз хызмети