
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде министрликтиӊ Бас ҳуқық-мәсләҳәтшиси Еримбетов Муратбай Бекмуратовичтиң 60 жыллық юбилейи менен қутлықлаў мәресими болып өтти.
Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри ў.а. А.Реимбаев Муратбай аға Еримбетовтың 60 жыллық юбилейи мүнәсибети менен таярланған адресаттағы қутлықлаўды оқып еситтирди.

Онда айтылғанындай, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жәмәәти, Сизди, 60 жасыӊыз бенен қутлықлайды!
Сизиӊ өмир жолыӊыздағы елимиздиӊ суд ҳәм ҳуқық қорғаў тараўында ислеген әдиўли хызметлериӊизди, әсиресе суў хожалығы тараўындағы мийнетлериӊизди жәмәәтимиз жақсы биледи ҳәмде ҳүрмет етеди.

Халқымыздыӊ бундай сый-ҳүрметине, абырай-итибарына өз билимиӊиз, шөлкемлестириўшилик уқыбыӊыз нәтийжесинде ерискениӊизди айрықша атап өтемиз ҳәмде Республикамыздыӊ суў хожалығы тараўындағы реформаларды тереӊлестириў, машқалаларды шешиўде қосып атырған салмақлы үлесиӊизди жоқары баҳалаймыз.
Ҳүрметли Муратбай Бекмуратович !
Сизди бүгинги 60 жасыӊыз бенен және бир мәртебе қутлықлап, Сизге беккем ден-саўлық, узақ өмир, шаӊарағыӊызға бахыт, елимиздиӊ гүллеп раўажланыўы ушын қосып атырған ийгиликли ислериӊизде тасқын табыслар тилеймиз !
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлиги жәмәәти