Суўды үнемлеў бағдарындағы жумыслар таныстырылды

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын Хожели районына пресс-тур шөлкемлестирилди.

 Дәслеп журналистлер райондағы фермерлердиң қатнасыўында «Midasiatex Cluster» ЖШЖ пахта-тоқымашылық кластериниң усы бағдарда әмелге асырған жумыслары менен танысты.

Жәмийет бир-еки жыл ишинде бир қатар инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға ерискен.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда көпшилик еллерде, соның ишинде Өзбекстанда бақланып атырған суўдың там-тарыслығы, суўды үнемлеп жумсаўды, оннан ақылға уғрас пайдаланыўды талап етпекте.

Ҳәзирги ўақытта бундағы ең утымлы усыллардың бири суўғарылатуғын егислик майданларында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў болып турыпты.

Елимизде бул бағдарда соңғы жылларда бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылып, унамлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Республикамызда 2023-жылдың өними ушын жәми 20224 гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар, соннан 17649 гектар майданда тамшылатып суўғарыў, 1575 гектар майданда жаўынлатып суўғарыў ҳәм мың гектар майданда дискретли суўғарыў системасын енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлери белгиленген.

2022-жылы «Midasiatex Cluster» ЖШЖ тәрепинен жәми баҳасы 8 миллиард сумлық 320 гектар пахта майданында заманагөй суўды үнемлеўши технологиялар енгизилген. Жәми 14591,3 доллар, соның ишинде аўыл хожалығы тараўына 2300, санаатқа 12291,3 долларлық инвестиция киргизилген.

– Жетистирилген пахта шийки заты кәрханада толық қайта исленип, таяр өнимнен алынған дәрамат, кластер жумысларын кеңейтиў ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде кейинги басқышта өндирислик кәрханаларын жолға қойыў, өндиристиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жумсалмақта,-дейди жәмийет басшысы Қ.Аташев.

Бул әмелге асырылып атырған жумыслар арқалы 2022-2023-жылдан ийирилген жип, текстиль ҳәм май өнимлери менен ишки базарларымызды тәмийинлеў, соның менен бирге, сырт еллерге экспортқа шығарыў режелестирилген.





Пресс-тур даўамында Саманкөл аўыл пуқаралар жыйынындағы «Саўда орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен де танысты.

– Жәмийетимиз 2021-жылы шөлкемлестирилип өз жумысын баслады,-дейди жәмийет баслығы З.Бекимбетов. – Район ҳәкимлигиниң жәрдеминде 5 гектар жер алып, баҳасы 4,4 миллиард сумлық балықшылықты раўажландырыў объекти қурылды. Оның 1 миллиард сумы өз есабымыздан, 3,4 миллиард сумы банк кредити есабынан болды. Бес адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Жылына 1,1 миллиард сум әтирапында дәрамат табыў қуўатлылығына ийе. Ҳәзирги ўақытта өнимлеримизди ишки базарға шығарып атырмыз. Алдағы ўақытларда экспорт етиў нийетимиз де бар.

Илаж Хожели районы ҳәкимлигинде өткерилген баспасөз конференциясы менен даўам етип, бул жерде суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Районда 2021-2022-жылларда 1006 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиялары енгизилген. Быйылғы жылы да тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары даўам етип, 74 гектарлық пахта майданында қурылыс жумыслары әмелге асырылып, соннан 52 гектар майдандағы тамшылатып суўғарыў технологиялары толық иске түсирилген.

Республикамыздағы фермерлердиң барлығы дерлик, атызларына келип атырған суўды өлшейтуғын суў есаплағышларына ийе емес. Сонлықтан, олар атызларына келип қуйылған суўдың муғдарын келген суўға қарап емес, ал егислик майданының көлеми ҳәм егин түри бойынша белгиленген ставкада суў салығын ҳәм басқа да төлемлерин төлейди. Илажда фермерлердиң суў есаплағышлар орнатыўы мәселелери бойынша да түсиниклер берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж даўамында, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери

Pin It on Pinterest

Skip to content