Орынлаў тәртиби, мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы үйренилди

   Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери Беруний насос станциялары ҳәм енергетика басқармасында орынлаў тәртиби ҳәм мүрәжатлар ҳәм ҳүжжетлер менен ислесиў жағдайын үйренди.

   Үйрениў даўамында шөлкемде Нызамшылық ҳүжжетлери, министрликтиң буйрықлары, коллегия қарарлары, мәжилис протоколлары тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызамының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, “Едо.ижро.уз” электрон системасын енгизиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәр тәреплеме үйренилди.

  Үйрениў нәтийжелери бойынша Беруний насос станциялары ҳәм енергетика басқармасында оқыў-әмелий семинар шөлкемлестирилди.

   Онда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң орынлаў тәртиби бойынша сектор баслығы С.Худайбергенова, Мүрәжатлар менен ислесиў бойынша бас қәниге Г.Каллыевалар усы үйрениў нәтийжелери бойынша мәлимлеме берди.

  Атап айтқанда, ҳүжжетлер менен ислесиў, орынлаў тәртиби ҳәм мүрәжатларды өз ўақтында үйренип, ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде айырым кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди. Оларды сапластырыў бойынша әмелий шынығыўлар жәрдеминде жуўапкер хызметкерлерге орнында үйретилгени айтып өтилди.

   Илаж соңында Беруний Насос станциялары ҳәм енергетика басқармасының баслығы Жасур Халмуратов шығып сөйлеп, министрлик жуўапкер хызметкерлериниң бул үйрениўлери ҳәм өткерилген шеберлик сабақлары аймақлық шөлкемлерде жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң тәжирийбесин арттырыўға хызмет ететуғынын, ҳүжжетлер ҳәм орынлаў тәртиби бағдарындағы жумыслар басшылар тәрепинен де айрықша қадағалаўға алынатуғынын атап өтти.

   Министрликтиң жуўапкер хызметкерлери Елликқала районындағы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемесинде де болып, мүрәжатлар, ҳүжжетлер менен ислесиў жағдайын үйренди. Илаж шеңберинде орынлаў тәртибин шөлкемлестириўде “Едо.ижро.уз” электрон системасының орны ҳәм әҳмиети түсиндирилди. Сондай-ақ, бул системада жумыс ислеў тәртиби, басқышлары ҳәм техникалық тәреплери әмелий сабақларда көрсетип берилди.

   Министрликтиң 2025-жылғы жумыс режесине муўапық, бундай үйрениў илажлары басқа да система-шөлкемлеринде өткерилиўи режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети