Нөкис районында ҒХҚ ўәкиллери ушын пресс-тур өткерилди

   Усы жылы Ҳүкимет қарарлары ҳәм тийисли бағдарламалар тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы 4 каналда реконструкция, бетонластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Олардан бири Нөкис районындағы “Ақманғыт” каналы болып есапланады.

Бағдарлама шеңберинде “Ақманғыт” каналының 9,5 километр бөлегин бетонластырыў белгиленген болып, бул жумысларға 9500,0 млн сум қаржы ажыратылған. Ҳәзирги күнде каналдың быйылғы суўғарыў мәўсимине шекем белгиленген бөлегинде бетонлаў жумыслары жуўмақланып, каналға суў ашылды.

Итибарлысы, каналды реконструкциялаў бойынша режелестирилген жумысларды әмелге асырыў нәтийжесинде, жылына 7 миллион метр куб суў үнемлениўи күтилмекте. Соның менен бирге, жәми 2 мың гектардан аслам фермер хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнаты жақсыланыўы күтилмекте.

Райондағы фермерлер, қыйтақ жер иелери суўғарыў тармақларын реконструкциялаў, суў шығынларын азайтыў бағдарында әмелге асырылып атырған бул жумыслардан кеўли толмақта.

Бүгин, яғный 23-апрель күни районда каналларды бетонластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен кең жәмиечиликти таныстырыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары “Ақманғыт” каналын ҳәм “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде бетонланған “Дийхан-арна” каналын барып көрди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери райондағы суўғарыў тармақларында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, журналистлер районда ирригация тармақларын суўғарыў мәўсимине таярлаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер бойынша өткерилген көргизбели семинарда қатнасты.  Илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Нөкис районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемеси ҳәм “Қарақалпақсуўқурылысинвест” басқармасы жуўапкерлери суў хожалығында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Илаж даўамында суў хожалығы жуўапкерлери ҳәм мәҳәлле белсендилери, фермер, қыйтақ жер иелери ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине интервью берди.  Илаж даўамында нуранийлар пәтиясы менен жаңадан бетонланған каналларға суў ашылды.

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети