семинар ҳәм пресс-тур ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасының Беруний районында “Суўды үнемлейтуғын технологиялардың абзаллықлары, үлгили бетонластырыў жумыслары ҳәм жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў” атамасында регионаллық семинар болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы суў хожалығы шөлкемлери, кластер ҳәм фермер хожалықларының басшылары, қәнигелер ҳәм қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Хамраев, Президент Администрациясының жуўаплы хызметкери Х.Мардонов шығып сөйлеп, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев тәрепинен суў хожалығы тараўына айрықша итибар қаратылып атырғанын, суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, бийкарға жумсалыўының алдын алыў, суў шығынларын азайтыў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы жумыслар жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти.

Президент қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында ҳәр бир аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар кең түрде додаланды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов, Беруний районы ҳәкими И.Хидиров ҳәм басқа да жуўапкерлер шығып сөйлеп, гүзги-қысқы илажлар шеңберинде суўғарыў тармақларын тазалаў, бетонлаў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бағдарындағы илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасында 2019-2025-жылларда 69 мың 233 гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар енгизилди, 221 мың 208 гектар майдан лазерли тегислегишлер жәрдеминде тегисленди. Бул өз гезегинде суў муғдарларын үнемлеў ҳәм бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланып, өнимдарлықты арттырыўға өз тәсирин көрсетпекте.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери каналларды бетонластырыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, насос станцияларында электр энергиясын үнемлеў, қуяш панельлерин орнатыў темаларында презентациялар өткерди.
Сондай-ақ, “КАВСАР” системасы ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды қурыўшы шөлкемлер де өз өнимлерин көрсетти. Илажда қатнасып атырған көплеген фермерлер аўыл хожалығы жерлерине қуяш панельлери арқалы энергиясыз суў жеткерип бериўши “КАВСАР” системасына қызығыўшылық билдирди.
Мәлим етилиўинше, суўдан пайдаланылмаған ўақытларда усы үскенениң қуяш панельлери арқалы шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеў мүмкин. Енергия ислеп шығарыў есабынан шаңарақ ушын қәрежетлер азаяды. Үскенеде дийқан-фермерлердиң турмыслық мүтәжликлери ушын дала шараятында музлатқыш, ишимлик суўынан пайдаланыў, киши көлемде асхананы жақтыландырыў, мобил байланыс техникасын қуўатландырыў имканиятлары бар. Итибарлы тәрепи, мобил суўғарыў системасы 15 гектар майданды суўғара алады.

Илажда “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде суўғарыў тармақлары әтирапына гүзги нәл егиў илажлары басланғаны ҳәм бул жумысларда ҳәмме бирдей белсене қатнасыўы керек екенлиги атап өтилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри ҳәм басқа да жуўапкерлер терек нәллерин екти.

Бизге белгили, Президентимиздиң 2025-жыл 15-августтағы ПҚ-250-санлы қарарында бар суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, олардың босқа жумсалыўының алдын алыў бойынша тутыныўшылардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў мақсетинде орынларда үгит-нәсиятлаў илажларын шөлкемлестириў және ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен сәўлелендирип барылыўын тәмийинлеў белгиленген.

Усыған муўапық, бүгинги семинар шеңберинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур да шөлкемлестирилди. Журналистлер районның Мақтымқулы АПЖ аймағындағы “Дурдыбаев Тәжимурат” фермер хожалығының атыз майданларында енгизилген суўды үнемлеўши технологияларды, суў шығынларын азайтыў бойынша суўғарыў тармақларын бетонластырыў, ишки салмаларына қолланылып атырған қурғақ бетон төселмеси, коллекторларды қамыс ҳәм басқа да өсимликлерден “Ковш-косилка” менен тазалаў процесслери ҳәм коллектор бойында үйрек бағыўды шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.


Сондай-ақ, жуўапкерлер әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша интервью берди. Бул ҳаққында кейинги материалларымызда толық таныстырып барамыз.
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети