Аралбойы аймағындағы тәбийғый көллерди суў менен тәмийинлеў мәселеси бойынша рәсмий мүнәсибет

Hoja.uz телеграм каналында Аралбойы аймағындағы тәбийғый көллерге, соның ишинде, “Судоче” көлине суў жеткерип бериў мәселеси бойынша жарытылған мүрәжат ҳәм сын көзқарастағы пост Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен қадағалаўға алынып, белгиленген тәртипте үйренип шығылды.

Аралбойы аймағында екологиялық турақлылықты тәмийинлеў, тәбийғый көллерди сақлаў ҳәм олардың гидрологиялық режимин қоллап-қуўатлаў мақсетинде бар суў ресурсларынан келип шыққан ҳалда суў жеткерип бериў илажлары әмелге асырылмақта.

Усы жылдың басынан берли Тақыятас гидроузелинен Әмиўдәряның төменги ағымына 996 млн м3 суў жиберилди. Сондай-ақ, тәбийғый көллер ҳәм суў бассейнлерине магистраль каналлар және коллектор-дренаж тармақлары арқалы суў жеткерип берилмекте.

Соның ишинде, жыл басынан “Междурече” көлине – 278 млн м3, “Жылтырбас” көлине – 196 млн м3, “Судоче” көлине – 196 млн м3, “Рибаче” көлине – 3,6 млн м3 суў жеткерип берилди.

Соның ишинде, жыл басынан “Междурече” көлине – 278 млн м3, “Жылтырбас” көлине – 196 млн м3, “Судоче” көлине – 196 млн м3, “Рибаче” көлине – 3,6 млн м3 суў жеткерип берилди.

Суў бериў көлемлери Әмиўдәряның ҳәзирги ҳәм болжаў суўлылығы, суў сақлағышларындағы резервлер және аймақтың екологиялық талапларынан келип шығып белгиленеди.

Соның менен бирге, ҳәр жылы 1-октябрьден 31-мартқа шекем Қарақалпақстан Республикасы халқының санитариялық-турмыслық талаплары ҳәм аймақтың екологиялық турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде магистраль каналларға 500 млн м3 қа шекем санитариялық-екологиялық суў лимити ажыратылады. Бул лимиттиң әмелдеги көлеми бар суў резервлери ҳәм Әмиўдәряның суўлылығына қарап белгиленеди. (Темаға байланыслы толық мақала ҳәм суў лимитлери бойынша мағлыўматлар министрликтиң рәсмий веб-сайтында да берилген).

Әмиўдәря бассейнинде суў ресурсларының узақ мүддетли қысқарыў тенденциясы Аралбойы аймағының суў тәмийнаты ҳәм екологиялық турақлылығына тәсир көрсетип атырған әҳмиетли факторлардан бири болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги бар суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, тәбийғый көллерди имканият дәрежесинде суў менен тәмийинлеў ҳәм олардың гидрологиялық режимин қоллап-қуўатлаў илажларын избе-из даўам еттиреди.

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети