Кегейлиши суўшылар

абаданластырыў жумысларында белсене қатнаспақта

Ҳәр жыл байрам алдынан барлық аймақларда абаданластырыў, имарат ҳәм қурылмаларда оңлаў жумыслары алип барылады. Усы жылда Ғәрезсизлик байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң аймақлық бөлимлеринде абаданластырыў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Кегейлиши суўшылар да абаданластырыў жумысларында белсене қатнаспақта.  Абаданластырыў илажлары шеңберинде  ирригация бөлими имараты алдында жайласқан бағ ишин жабайы шөплерден тазалап, мийўе ағаш, декоратив нәллер т6плерин ҳәклеў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды.

 

Сондай ақ, ирригация бөлими есабында болған хожалықлар аралық каналлар экскаватор жәрдеминде қазып тазаланды. Каналға орнатылған гидротехникалық қурылмалар жаңадан боялып, әтираплары абаданластырылмақта.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызмети