Соңғы он жыллықларда глобал климат өзгериўи, ҳаўа температурасының көтерилиўи, атмосфера жаўын-шашынларының муғдары ҳәм тарқалыўының өзгериўи, сондай-ақ, таўлы аймақлардағы қар ҳәм музлықлар резервлериниң қысқарыўы Орайлық Азияда суў ресурсларының қәлиплесиўи ҳәм олардан пайдаланыў шараятларына сезилерли тәсир көрсетпекте.

Әсиресе, Әмиўдәря бассейнинде бақланып атырған гидрологиялық өзгерислер дәряның төменги ағымында жайласқан Аралбойы регионының суў тәмийнатына тиккелей тәсир етиўши тийкарғы факторлардан бири болып есапланады.
Әмиўдәря бассейнинде суў ресурсларының көп жыллық қәлиплесиў көлеми ҳәзирги есаплаўлар бойынша шама менен 63 км3 әтирапында баҳаланады. Соның менен бирге, соңғы 40-50 жыл даўамында бассейнниң тәбийғый-гидрологиялық шараятында сезилерли өзгерислер бақланып, дәря ағысы көлеминиң шама менен 15 км3 ке азайыўы атап өтилмекте.
Бул тенденция климаттың өзгериўи менен бир қатарда, суў ресурсларына болған антропоген басымның артыўы, жоқары ҳәм орта ағысларда суўғарылатуғын дийқаншылық ушын суў алыў көлемлериниң көбейиўи менен де байланыслы.
Әмиўдәря ағысының Қарақалпақстан Республикасы аймағына кирип келиўи ҳәм төменги ағыстағы суў тәмийнатының динамикасын баҳалаўда Саманбай гидрологиялық постындағы бақлаўлар үлкен әҳмиетке ие.
Атап айтқанда, 1900-1960-жыллары усы гидропост створынан Әмиўдәря ағып өткен орташа жыллық суў көлеми шама менен 48 км3 ти қураған. 1960-1990-жыллары бул көрсеткиш 17,8 км3 әтирапында болған болса, 1990-2025-жыллары төменги ағысқа жетип келген суў муғдары орташа 10-12 км3 ти қураған.
Бул жағдай Әмиўдәряның төменги ағымында суў ресурсларының шекленгенлигин көрсетип, бар суўдан нәтийжели пайдаланыў, оны үнемлеў ҳәм екологиялық талаплар ушын зәрүр суў ағымларын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратыўды талап етеди.
Әмиўдәря ағысының жыллар кесиминде азайыўы, әсиресе, дәряның төменги ағымында жайласқан Аралбойы регионының гидрологиялық ҳәм екологиялық жағдайына тәсир көрсетпекте. Суў ағымының қысқарыўы тәбийғый көллер, суў басқан ойпатлықлар ҳәм дельта екосистемаларының суў менен тәмийинлениў дәрежеси, суў қәдди ҳәм гидрологиялық режиминде өзгерислерге алып келиўи мүмкин.
Усы көзқарастан, бар суў ресурсларынан келип шыққан ҳалда Аралбойы аймағында екологиялық турақлылықты тәмийинлеў, тәбийғый суў обектлериниң гидрологиялық режимин қоллап-қуўатлаў, көллерди суўғарыў және аўыл хожалығы жерлериниң суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде Әмиўдәряның Тақыятас гидроузелинен төменги ағымға суў ресурсларын басқарылатуғын тәртипте жеткерип бериў илажлары әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, усы жылдың басынан берли Тақыятас гидроузелинен Әмиўдәряның төменги ағымына 996 млн м3 суў жиберилди.
Буннан тысқары, бар суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде гүзги-қысқы мәўсимде магистраль каналлар және коллектор-дренаж тармақлары арқалы тәбийғый көллер ҳәм суў бассейнлерине суў жеткерип бериў жумыслары турақлы әмелге асырылмақта.
Онда суў бериў көлемлери дәрядағы бар суў муғдары, суў сақлағышларда қәлиплескен резервлер, гидрологиялық прогнозлар ҳәм аймақтың екологиялық талапларынан келип шығып тәртипке салынады.
Көллер кесиминде суў тәмийнаты
“Междурече” көли
“Междурече” көлиниң майданы 36,0 мың гектар, улыўма суў сыйымлылығы болса 380 млн м3 ти қурайды.
Жылдың басынан берли бул көлге Әмиўдәря арқалы 278 млн м3 суў жеткерип берилген. Ҳәзирги күнде көлдеги суў көлеми 104 млн м3 ти қурамақта.
Усы жерде атап өтиў керек, көлге жеткерип берилген суў көлеми менен онда ҳәзирги ўақыттағы бар суў резерви арасындағы айырмашылықты баҳалаўда пуўланыў, фильтрлениў, төменги бассейнлерге суў шығыўы ҳәм басқа да тәбийғый-гидрологиялық жоғалтыўлар да есапқа алынады.
“Жылтырбас” көли
“Жылтырбас” көлиниң майданы 26,0 мың гектар, улыўма суў сыйымлылығы болса 781 млн м3 ти қурайды.
Жыл басынан бул көлге Әмиўдәря ҳәм коллектор-дренаж тармақлары арқалы жәми 196 млн м3 суў жеткерип берилген. Ҳәзирги күнде көлде 119 млн м3 суў бар.
Көлдиң суў режими Аралбойы дельта екосистемаларының турақлылығын тәмийинлеўде үлкен әҳмиетке ие. Оған суў жеткерип бериўди мәўсимлик тәртипте басқарыў суў қәддин белгили дәрежеде сақлап турыў ҳәм суў-батпақ екосистемаларын қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
“Судоче” көли
“Судоче” көлиниң майданы 61,5 мың гектар, улыўма суў сыйымлылығы болса 982 млн м3 ти қурайды.
Жыл басынан көлге коллектор-дренаж тармақлары арқалы 196 млн м3 суў жеткерип берилген болып, ҳәзирги ўақытта көлде 119 млн м3 суў резерви бар.
“Судоче” көли Аралбойы аймағындағы әҳмиетли тәбийғый суў обектлеринен бири болып есапланады. Оның суў режими тек ғана суў ресурсларын топлаў емес, ал аймақтағы суў-батпақ екосистемаларының екологиялық функцияларын сақлаў көзқарасынан да үлкен әҳмиетке ие.
Сол себепли көлдиң суў қәдди, суў көлеми ҳәм сапасы бойынша гидрологиялық ҳәм гидрохимиялық бақлаўларды турақлы алып барыў әҳмиетли есапланады.
“Рибаче” көли
“Рибаче” көлиниң майданы 11,0 мың гектар, улыўма суў сыйымлылығы 165 млн м3 ти қурайды.
Жылдың басынан бул көлге Әмиўдәрядан “Междурече” көли арқалы 3,6 млн м3 суў жеткерип берилген.
Көллерди өз-ара гидрологиялық байланыстырыўшы каналлар ҳәм суў өткериўши қурылмалар арқалы суў бөлистириў Аралбойы аймағындағы бар суў ресурсларын қайта бөлистириў ҳәм екологиялық жақтан әҳмиетли суў обектлерин қоллап-қуўатлаў механизмлеринен бири болып есапланады.
Гүз-қыс мәўсиминде санитариялық-екологиялық суў тәмийнаты
Атап өтиў керек, ҳәр жылы 1-октябрьден 31-мартқа шекемги гүзги-қысқы мәўсимде Қарақалпақстан Республикасы халқының санитариялық-турмыслық талапларын тәмийинлеў ҳәм аймақтағы екологиялық жағдайды турақлы сақлаў мақсетинде магистраль каналларға 500 млн м3 қа шекем санитариялық-екологиялық суў лимити ажыратылады.
Бул лимиттиң әмелдеги көлеми суў сақлағышларда қәлиплескен резервлер, соның ишинде, Түемойын суў сақлағышындағы суў көлеми, Әмиўдәряның ағымдағы ҳәм болжаў етилип атырған суўлылығы және төменги ағыстың санитариялық-екологиялық талапларынан келип шығып белгиленеди.
Соның ушын 500 млн м3 санитариялық-екологиялық суў лимитиниң белгилениўи усы көлемдеги суў ҳәр жылы толық ҳәм өзгериссиз жеткерип берилиўин аңлатпайды. Әмелдеги суў бериў режими гидрологиялық жағдайға қарап оператив түрде анықланады.
Тәбийий көллерди суўландырыў мәселеси де бар суў ресурслары, дәряның суўлылығы, суў сақлағышлардағы резервлер, суў балансы ҳәм белгиленген суў бөлистириў тәртибинен келип шығып әмелге асырылады.
Улыўма алғанда, Әмиўдәря бассейнинде суў ресурсларының узақ мүддетли қысқарыў тенденциясы Аралбойы регионының суў тәмийнаты ҳәм екологиялық турақлылығына тәсир көрсетиўши әҳмиетли факторлардан бири болып есапланады. Сонлықтан, бар суў ресурсларынан пайдаланыўда суўдың пайда болыўы, алыныўы, бөлистирилиўи, тутыныўы ҳәм тәбийғый жоғалтыўларын комплексли есапқа алыў үлкен әҳмиетке ие.
Аралбойындағы тәбийғый көллердиң екологиялық жағдайын турақластырыў ушын оларға суў жеткерип бериў көлемлери көп жыллық гидрологиялық мағлыўматлар, суўлылық болжаўлары, суў сыйымлығы, пуўланыў ҳәм фильтрация жоғалтыўлары, суўдың минералласыў дәрежеси және екологиялық суў талапларынан келип шығып белгилениўи керек.
Соның менен бирге, “Междурече,” “Жылтырбас,” “Судоче” ҳәм “Рибаче” сыяқлы Аралбойының әҳмиетли көллеринде гидрологиялық, гидрохимиялық ҳәм екологиялық мониторингти күшейтиў, суў қәдди ҳәм көлемин турақлы бақлап барыў, суў қәдди ҳәм көлемин турақлы бақлап барыў, суў балансы елементлерин анықлаў және екологиялық суў талапларын илимий тийкарда белгилеў келешекте суў ресурсларын нәтийжели басқарыўда үлкен әҳмиетке ие.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Аралбойы аймағындағы тәбийғый көллердиң екологиялық әҳмиетин есапқа алған ҳалда, бар суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, тәбийғый көллерди имканият дәрежесинде суў менен тәмийинлеў және олардың гидрологиялық режимин қоллап-қуўатлаў илажларын избе-из даўам еттиреди.
Жәмиетшиликтиң бул мәселеге итибары ҳәм билдирилген усыныслары суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, Аралбойы екологиялық орталығын сақлаў ҳәм тәбийғый көллерди сақлап қалыў бағдарындағы жумысларымыз ушын үлкен әҳмиетке ие.
Ғ.Атажанов,
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери