60 жасыңыз қутлы мүбәрек болсын!

    Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Суӯ хожалығы министрлиги жанындағы «Қуўаныш жарма» ирригация тармағы басқармасы баслығы Реймов Хамид Жолдасбаевич қутлы 60 жасқа толды. Республикамыздағы барлық суӯ хожалығы хызметкерлери атынан юбилярды шын кеӯилден қутлықлаймыз.

    Х.Реймов  1963 жыл 7 октябрь сәнесинде туӯылған болып, 1988 жылда Ташкент ирригация ҳәм аӯыл хожалығын механизацияластырыӯ инженерлери институтын тамамлап, жоқары мааϝлыӯматлы инженер-гидротехник қәнигелигине ийе болады.

    Мийнет жолын 1988 жыл Қараѳзек районы ислеп шығарыӯ-оңлаӯ басқармасы инженер-гидротехниги, оңлаӯ ҳәм ислеп шығарыӯ  бѳлими бас инженери лаӯазымларында ислеӯден баслаған. Оннан соң райондағы бир қатар мекемелерде, суӯ хожалығы кәрханаларында жуӯапкер лаӯазымларда жумысын даӯам еттирди. Атап айтқанда, Қараѳзек районы  Суӯ хожалығы басқармасында “Есим каналы” 1-дәрежели инженер-гидрометри, усы басқармада басқарманың экономикалық таллаӯ бѳлими баслығы, басқарма баслығының орынбасары, Қараѳзек районы  8-қурылыс басқармасы баслығы, «Қараѳзек суӯ қурылысы» ашық акционерлик жәмийети баслығы, “Рейм-қурылыс” жуӯапкершилиги шекленген жәмийети  баслығы, Тѳменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасы жанындағы “Қуўаныш жарма” ирригация тармағы басқармасы баслығы лаӯазымларында жемисли мийнет етти.

    Хамид Реймов ҳәзирги күндеги Басқарма баслығы лаӯазымында Кегейли, Шымбай, Қараѳзек ҳәм Тахтакөпир районларына суӯ жеткериӯ, ирригация тармақларын реконструкция қылыӯ ҳәм аймақтағы ирригация тараӯында әмелге асырылатуғын дәстүрлердиң орынланыўына  басшылық етип келмекте. Ол 35 жыллық мийнети даӯамында кѳплеп жасларға суӯ хожалығы тараӯын үйретти. Бүгинги күнде Х.Реймовтың онлап шәкиртлери район ҳәкими орынбасары, министр орынбасары ҳәм  ирригация бѳлимлеринде жуӯапкер лаӯазымларда жумыс ислеп келмекте.

    Тәжирийбели суӯшы, үлгили басшы Хамид Реймовтың суӯ хожалығы тараӯында ислеген мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепиненде итибарға алынып келинбекте. Президентимиздиң тийисли Пәрманына муўапық «Садық хызметлери ушын» медалы менен сыйлықланған болса, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиуминың қарарына көре,  “WATAN PIDAYISI” кѳкирек белгиси ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы “Сув хўжалиги аълочиси” кѳкирек белгиси менен сыйлықланған.

Ҳүрметли Хамид Жолдасбаевич!

    Биз, Сизиң суӯ хожалығы тараӯының раӯажланыӯына қосып атырған үлесиңизди, әсиресе, ѳзиңиз басшылық етип киятырған Басқармада суӯ хожалығы тараӯы бойынша жас кадрларды жетилистирип шығарыӯ бойынша ѳзине тән мектеп жаратқаныңызды  билемиз ҳәм бул исиңизди айрықша қәдирлеймиз! 

    Сизиң бүгинги 60 жасыңыз бенен және бир мәрте шын кеӯилден қутлықлап, Сизге беккем денсаӯлық, шаңарағыңызға аманлық ҳәм елимиздиң ҳәм суӯ хожалығы тараўының раӯажланыӯы жолында ислеп атырған жумысларыңызға тасқын табыслар тилеймиз!

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги жәмәәти