Кегейли районында жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў, жер асты изей суўларын “онлайн” режиминде гүзетиўши “Дайвер” қурылмаларын орнатыў ҳәм коллекторларды системалы оңлаў-тиклеў жумыслары бойынша көшпели семинар өткерилди.

___Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Мелиоратив экспедициясы баслығының орынбасары О.Нурлыбаев, бөлим баслықлары ҳәм Мелиоратив экспедициясының райондағы жуўапкер хызметкерлери қатнасты.
___Семинарде тийисли қарарлар ҳәм мәмлекетлик дәстурлер тийкарында Кегейли районында быйылғы жылда 19 орында жер асты суў қәдди, шорланыў дәрежеси ҳәмде температурасын өлшейтуғын қурылмаларды ноябрь айында орнатыў белгиленген. Семинарда Қарақалпақстанда ноябръ айында ҳаўа райының кескин суўып кетиўи қәўпи жоқарылығын есапқа алып, “Дайвер” қурылмаларын орнатыў жумысларын ҳәзирден баслап орнатыўдың илажларын көриў зәрүрлиги айтылды. Сондай-ақ, Кегейли район мелиоратив бөлими жетекши инженер мелиораторы Қ.Аллаховқа ҳәмде кесип алып ислеўши кәрхана баслығы А.Самендаровқа тез күнлер ишинде орнатылыўы режелестирилген объектлерде жумыс баслаў кереклиги туўрысында тийисли тапсырмалар берилди.

___Соның менен бирге, семинар қатнасыўшылары район аймағындағы мелиоратив объектлеринде әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысып өтти. Бүгинги күнге Кегейли районында 34 км узынлықта “Халқабад каналлары” хожалықлар аралық коллекторы “Бунёдкор Мерос” ЖШЖ ҳәм 17,5 км узынлықта “Абат суўшы” хожалықлар аралық коллекторы “Арковай Мелиоратор” ЖШЖ тәрепинен оңлаў-тиклеў жумыслары әмелге асырылды.
___Мелиоратив объектлерде әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде жер асты суўының орташа қәдди 1,36 метр ден 2 метрге шекем төменлеўине, күшли шорланған 34,3 гектарға, орта шорланған 160,6 гектарға ҳәм кем шорланған жерлер 157,5 гектар майданға кемейиўине ерисилди.

___Мағлыўмат ушын : Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 5 декабрьдеги “Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын ис-иләжлари ҳаққында”ғы
ПҚ-4912-санлы қарары бойынша Кегейли районында быйылғы жылы улыўма узынлығы 119,0 км болған “Халқабад каналлары” ҳәмде “Абат суўшы” хожалықлар аралық коллекторларында системалы оңлаў-тиклеў жумыслары әмелге асырыў режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлиги Баспасөз хызмети