Көбейген суў муғдарлары районлар ҳәм магистраль каналларға график тийкарында бөлистириледи

___Жыл басындағы дәслепки мағлыўматлар бойынша быйылғы жылдың суўғарыў дәўиринде суў там-тарыслығы бақланыўы болжанған еди.  Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 10-апрельдеги 199-санлы қарары қабыл етилип, онда 2021-жылда күтилип атырған суў там-тарыслығының унамсыз тәсирин жумсартыў, экономикалық тармақларды суў менен турақлы түрде тәмийинлеў, бар болған суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.  

___Усы ўазыйпалардан келип шығып, суўды бөлистириў графиги ислеп шығылған. Усы график тийкарында районларға ҳәм магистраль каналларға гезекпе-гезек суў жеткерилиўи тәмийинленбекте.

___Усы жыл 28-апрельден баслап Әмиўдәрья бассейниниң жоқарғы бөлегиндеги «Термиз» гидропостында суўдың қәдди көтериле баслады.

___Түйемойын суў сақлағышынан Әмиўдәрьяға жиберилип атырған суў муғдары көбейип, нәтийжеде бул 13-майдан «Тақыятас» гидроузелине жеткерип берилетуғын суў муғдарына тәсир ете баслады ҳәм усы тийкарда бөлистириледи.

___Көбейген суў муғдарлары график тийкарында магистраль каналларға берип барылады.

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги

баспасөз хызмети