Ҳаял-қызларымыз барлық тараўда белсенди!

___ Елимизде ҳаял-қызларымыз көбирек социаллық салаларда жумыс алып барыўына көнлигип қалғанбыз. Бирақ, арамызда ер адамлар менен теңдей мийнет етип атырған ҳаял-қызларымыз да баршылық.

___ Мине усындай ҳаялларымыздан бири Аймуратова Лиза Айтмуратовна болады.

___ Л.Аймуратова суў хожалығы тараўында 37 жылдан аслам тынымсыз мийнет етип келмекте. Ол мийнет жолын 1986-жылдан (Төменги Әмуўдаря ирригация тармақлары басқармасы) Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы «Қызкеткен-Кегейли» ирригация тармағи басқармасы “Бес саға” участкасы суў қадағалаўшысы ўазыйпасынан баслаған. 

___ Апамыз ҳәзирги күнде де усы басқарманың «Дослық» каналының инженер-гидротехниги болып жумыс ислемекте. Л.Аймуратова хызмет етип атырған басқарма Арқа районларға суў жеткерип бериўге мөлшерленген болып, бул жерде ҳәр бир хызметкер каналлардың белгили бир бөлегин қадағалайды. 

 

___ Олар күни-түни өзлериниң ўазыйпасын жуўапкершиликти сезинген ҳалда орынлап барады. Себеби, бул тараўда күтилмеген жағдайларға дус келиў имканияты оғада жоқары. Мәселен, суў ҳәдден тыс көбейип, дамбыларды жығып кетиўи, насослардың истен шығыўы, суўдың азлығы сыяқлы машқалардың алдын алыў баслы ўазыйпа есапланады.

___ Сондай-ақ, апамыз «Дослық» каналының жағасын техник жағдайда сақлаў ушын зәрүр қазыў, топырақты көмиў, дамбылар бузылыўының алдын алыў сыяқлы шараларды кѳриў менен де шуғылланады.

___ Л.Аймуратова суў хожалығы тараўында ерлер менен теңдей хызмет етеди. Ол ҳәмийше “Кәсибим менен мақтанаман” деп айтыўдан шаршамайды.

Суў егинге жетерли дәрежеде барса, ҳасыли мол болади. Және жердиң шоры жуўылмаса егинниң өним бериў дәрежеси төменлейди, шықпай қалыўыда мүмкин. Усылардың бәрин есапқа алған ҳалда суў хожалығындағи жумысшылардың хызметин қәншелли аҳмийетли екенлигин аңлаў мүмкин.

___ Билемиз аўыллық жерлерде канал бойындағы жолларда барлық транспортлар журе алмайды. Лиза апа әне сондай ойлы-шуқыр жоллардан суў бөлистириўши қурылмалар ҳәм насосларды жаяў аралап шығатуғын күнлери көп болады.

___ Суўшы апамыздың жумысларында табыслар бола бергей!

Нилуфар Косбергенова,

ҚМУдиң Мәлимлеме хизмети ҳәм жәмиетшилик пенен байланыс қәнигелигиниң 2-курс студенти, 

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Мәлимлеме хызмети