
___Республикамызда пахта шийки өними жетистирилетуғын майданларға тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта бир тегис шигит өнип шыққан жерлерге тамшылатыўшы шлангаларды монтажлаў жумыслары басланды.

___Быйылғы жылы Төрткүл районында 2 мың 490 гектар майданға тамшылатып суўғарыў техгологиясын енгизиў режелестирилген. Соннан 2 мың 210 гектар пахта далалары, 280 гектар басқа егинлерге суўды үнемлеўши технологияны енгизиў белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы
Суў хожалығы министрлигиниң
Мәлимлеме хызмети