Шоманай районында бийдай суўғарыў бойинша тарқалған видео мүрǝжатқа рǝсмий мағлыўмат

___Күни кеше социаллық тармақларда Шоманай районында бийдай майданлары суўғарылмай, бул майданларға ажыратылған суў муғдарлары Қанлыкөл районы фермер хожалықлары тәрепинен өз басымшалық пенен Шоманай районы лимитлерин алып, салы егип атырғанлығы, нәтийжеде халқымыздың ырысқы несибеси болған бийдай атызлары бир мәртебеде суў ишпей набыт болмақта деген, мазмундағы видео мүрǝжат тарқалды.

  ___Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳǝм қараслы макемелер тǝрепинен 2022-жыл суўғарыў мәўсиминде календарлық лимитке салыстырғанда (1-апрель- 20-май) Шоманай районына  112,6 пайыз, ал, Қанлыкөл районына 75,2 пайыз суў муғдары жеткерип берилди.

___Бүгинги күнде күнделикли суў алыў муғдарлары ҳаққындағы мағлыўматлар бойынша Шоманай районына 22,6 м куб сек. Қанлыкөл районына 17,2 м куб сек. суў муғдарлары жеткерип берилмекте. 

___Социаллық тармақларда жǝрияланған бийдай атызлары Шоманай районы «Кетенлер» АПЖ аймағындағы «Яқып ата» тутшылық (пиллешилик) фермер хожалығына тийисли екенлигы анықланды. Бул фермер хожалығы тәрепинен 2021-жылда 4,1 гектар майданды өз есабынан қайта пайдаланыўға қосып бийдай егилген ҳǝмде 2021 жылда егистен кейин ноябрь айында бир мәрте, 2022-жыл апрель айында еки мәртебе толық суўғарылған. Тилекке қарсы қǝнигелер тǝрепинен «Яқып ата» фермер хожалығы бийдай атызларына қосымша минерал тогинлер менен азықландырыў жумыслары алып барылмағанлығы нǝтийжесинде бийдайлар раўажланыўдан арқада қалғанлығы билдирилмекте.

___Сондай-ақ, жǝрияланған видеода блогер Қанлыкөл районы фермер хожалықлары тәрепинен 2000 гектардан аслам салы егилгенлиги ҳаққында айтып өткен.

Ҳақийқаттанда айрим фермерлер салы егиў жумысларын баслап, атызларына суў ашқанлығы анықланды. Бул бойынша егилген салы  майданлары тийисли тараў қǝнигелери тǝрепинен анықланғанда 1121 гектар екенлиги анықланған. Суўдан мақсетсиз пайдаланған, рухсатсыз алған ҳǝмде басқада нызам бузыўшылықларға жол қойған суў тутыныўшыларына суўларын тоқтатыў ҳǝмде  нызам шеңберинде шара қолланыў бойынша тийисли шөлкемлерге билдиргилер берилип олар тарепинен тийисли жумыслары ǝмелге асырылмақта.

___Буннан алдында социаллық тармақларда Хорезм ўǝлаяти көп суў алып турғанлығы ҳаққында видео мүрǝжат тарқалып, онда корсетилген мағлыўматларда уйренилгенинде тийкарсыз екенлиги анықланған еди.

___Сол орында ҳурметли блогер ҳǝм социаллық тармақлар жүритиўшилеринен районларға бөлистирилген суў лимитлери ҳәмде бул районларға жеткерип берилген суў муғдарлары ҳаққында тийкарлы мағлыўматларды билмей турып, халық арасында наразылықларды пайда етиўши видеоларды социаллық тармақларға шығармаўды соранған болар едик.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги

Мǝлимлеме хызмети