СУЎ ХОЖАЛЫҒЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Ҳүрметли суў хожалығы  хызметкерлери!

Елимиз бойлап Ғәрезсизлигимиздиң отыз үш жыллығы «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!» деген идея астында байрам салтанатлары болып өтпекте.

Ҳүрметли Ўатанласлар, ǝзиз кǝсиплеслер!

    Ең алды менен Сиз әзизлерди, ҳǝм пүткил халқымызды Ɵзбекстан Республикасының ғǝрезсизлик байрамы менен шын жүректен қутлықлайман!

    Бүгин 2024 жылдың жаз айыда жуўмағына жетип атыр. Пидайы суўшыларымыздыӊ мийнетлери менен усы суўғарыў мапазындада 40 тан аслам  еӊ алыс ҳәм аўыр аймақларына суў жеткерип берилди. Нәтийжеде бул жылда бийдай, пахта ҳәм басқа да егислик жер майданларында аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирилиўинде суўшыларымыз өзлеринин мүнәсип үлесин қосты.

    Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумыниң қарарына муўапық,   халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәйы мийнетлери, жас әўладты ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәмде жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар, көкирек белгилери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

    Олар арасында «Мелиомашлизингсервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Данил Утеулиев ҳәмде “УзГИП” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң техникалық директоры Умид Абдуллаевтың «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген ирригатор» ҳүрметли атағы менен сыйлықланғаны Республика басшыларының суўшыларға қаратқан итибары болды.

    Сондай-ақ, жақында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң мурәжаатлар менен ислесиў бойынша бас қәнигеси Гулхатша Каллиева “Меҳнат фахрийси” көкирек белгиси менен сыйлықланғаны пүткил суўшыларымызды руҳландырды.

    Исенип айтыўым мүмкин, суў хожалығыныӊ барлық буўынындағы хызметкерлер алдағы ўақытларда да фермер ҳәм дийқанларға көмекши болып, алдымызға қойылған режелерди орынлаўда аянбай мийнет етеди.

    Ҳүрметли суў хожалығы тараўы хызметкерлери!

Сизлерди, елимиз Ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы менен жǝне бир мǝрте қутлықлайман!

Дǝрьямызда суў мол болыўын Жаратқаннан сораймыз.

Пүткил халқымызға Ғәрезсизлик байрами қутлы мүбǝрек болсын!

 

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министри                              Б.ЖУЗБАЕВ