СУЎ ХОЖАЛЫҒЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ ЖАӉА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

___ Ҳүрметли суў хожалығы хызметкерлери!

___ Мине, 2023 жыл жуўмақланып, ҳәммемиз жаӊа арзыўлар, үлкен-үлкен режелер менен Жаӊа – 2024 жылды күтип алмақтамыз.

___ Биз, бундай ўақытлары арқаға нәзер салып, жуўмағына жетип атырған жылда  әмелге асырған жумысларымыз нәтийжесин көриўге ҳәм жаӊа режелер дүзиўге әдетленгенбиз.

___ Сонғы жылларда суў муғдары кем болғанына қарамастан пидайы суўшыларымыз халқымызға, дийхан фермерлеримизге вегетация мәўсиминде зәрүр муғдарда суў жеткерип бермекте. Жуўмағына жетип атирған 2023 жылда да пидайи суўшыларымыздыӊ мийнетлери менен 40 тан аслам  Қарақалпақстаннинг еӊ алыс ҳәм аўыр аймақларына суў жеткерип берилди. Нәтийжеде жуўмақланып атырған жылда бийдай, пахта ҳәм басқа да егислик жер майданларында аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирилди.

___ Республикамызда 2024 жылда аўыл хожалығы егин майданларында тамшылатып, жамғырлатып суўғарыў технологияларын кең енгизиў менен бирге мыӊ километр ишки жап-салмаларды бетонлаў ҳәм суў жоғалтуўлардыӊ алдын алыў бағдарында алдын болмаған кең көлемли жумысларды алып барыў  режелестирилмекте. Бул жумысларды әмелге асырыў нәтийжесинде суўдан үнемли пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жаратыўға имканият болады.

___ Исенип айтыўым мүмкин, суў хожалығыныӊ барлық буўынындағы хызметкерлер келеси жылда да алдымызға қойылған режелерди орынлаўда аянбай мийнет етеди.

___ Ҳүрметли суў хожалығы тараўы хызметлерлери!

___ Сизлерди, халқымызды кирипкиятырған Жаӊа жыл байрамы менен қутлықлайман ҳәм шаңарағыңызға бахыт-ǝўмет, ɵзлериңизге беккем ден саўлық тилеймен!

 Кирип киятырған 2024 жылда дǝрьямызда суў мол болыўын Жаратқаннан сораймыз.

Жаӊа жылыӊыз қутлы болсын!

 

Қарақалпақстан Республикасы 

Суў хожалығы министри                                     Б.ЖУЗБАЕВ