
___Узақов Джалғасбай Узақович – 1966 жылы 28 сентябрде Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында туўылған. Мағлыўматы жоқары, қәнигелиги инжинер-гидротехник. 1988-жылы Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлик институтын (күндизги бөлими) тамамлаған.
___Мийнет жолын 1988-жылда Қараөзек районында Аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасында инженер-гидрометр лаўазымында ислеўден баслаған ҳәм кейин бас инжинер, бөлим баслығы, баслық орынбасары лаўазымларында жумыс алып барған.
___1999-2001 жылларда Қараөзек районы “Райтехшарўасервис” жәмийети баслығы, 2001-2002 жылларда Қараөзек районы Мийнет ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў бөлим баслығы, 2002-2003 жылларда Қараөзек районы Аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасы баслығының суў бойынша орынбасары, 2003-2007 жылларда Қараөзек районы “Қуўаныш-жарма” ирригация тармақлары басқармасы баслығының биринши орынбасары, 2007-2010 жылларда Қараөзек районы “Қуўаныш-жарма” ирригация тармақлары басқармасы баслығы, 2010-2012 жылларда “Қарақалпақ аўыл хожалық суў тармақлары” басқармасы баслығы лаўазымларында жумыс ислеген.
___2012-2018 жылларда Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасы баслығы ҳәм 2018 жылдан Суў хожалығы министрлиги болып шөлкемлестирилгеннен кейин Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри лаўазымында жумыс алып бармақта.
___2011 жылда “Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен ирригатор” атағы менен сыйлықланған.
___2009 жылдан ҳәзирги күнге шекем Халық депутатлары Қараөзек районы Кеңеси депутаты.