Узақов Джалгасбай Узақович

 

___Узақов Джалғасбай Узақович1966 жылы 28 сентябрде Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында туўылған. Мағлыўматы жоқары, қәнигелиги инжинер-гидротехник. 1988-жылы Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлик институтын (күндизги бөлими)  тамамлаған.

___Мийнет жолын 1988-жылда Қараөзек районында Аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасында инженер-гидрометр лаўазымында ислеўден баслаған ҳәм кейин бас инжинер, бөлим баслығы, баслық орынбасары лаўазымларында жумыс алып барған.

___1999-2001 жылларда Қараөзек районы “Райтехшарўасервис” жәмийети баслығы, 2001-2002 жылларда Қараөзек районы Мийнет ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў бөлим баслығы, 2002-2003 жылларда Қараөзек районы Аўыл ҳәм суў хожалығы басқармасы баслығының суў бойынша орынбасары, 2003-2007 жылларда Қараөзек районы “Қуўаныш-жарма” ирригация тармақлары басқармасы  баслығының биринши орынбасары, 2007-2010 жылларда Қараөзек районы “Қуўаныш-жарма” ирригация тармақлары басқармасы баслығы, 2010-2012 жылларда “Қарақалпақ аўыл хожалық суў тармақлары” басқармасы баслығы лаўазымларында жумыс ислеген.

___2012-2018 жылларда Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасы баслығы ҳәм 2018 жылдан Суў хожалығы министрлиги болып шөлкемлестирилгеннен кейин Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри лаўазымында  жумыс алып бармақта.

___2011 жылда “Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен ирригатор” атағы менен сыйлықланған.

___2009 жылдан ҳәзирги күнге шекем Халық депутатлары Қараөзек районы Кеңеси депутаты.