Ыссы ҳаўа райы шараятында аўыл хожалығы егинлериниң тәрбиясы бойынша

У С Ы Н Ы С Л А Р

___“Ўзгидромет” орайының мағлыўматларына көре, Республикамыздың барлық аймақларында Иран аймақларынан ыссы ҳаўа кирип келиўи мүнәсибети менен ҳаўа температурасы Сурхандарья Қашқадәрья, Бухара, Сартои, Жиззақ ўәлаятларында 44-47 дәреже (9-12 күн), Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наманган, Ташкент, Сырдәрья ўәлаятларында 42-44 дәреже (5-7 күн), Самарқанд, Ферғана ҳәм Андижан ўәлаятларында 40 -42 дәрежеге шекем (4-5 күн) болыўы күтилип атыр.

___Бундай аноминал ҳаўа температурасы шәраятында дийханлар, фермер хожалығы басшылары, механизатор ҳәм жумысшылар, кластерлер ҳәм тараўдың қәнигелери, илимпазлары тийкарғы итибарды аўыл хожалығы егинлериниң зыян көрмеслигине ҳәм жаратылған өнимди сақлап қалыўға қаратыўлары керек.

___Сонлықтан, ҳәр қандай өсимлик, атап айтқанда пахта тәбиий өзин қорғаў ҳәм денесин суўытыў ушын ҳәрекет етеди ҳәм жапрақтағы үстицалар тийкарынан жабық ҳалда болып, денесинен көбирек суў парлатыў есабына суўытыў менен шекленеди.

___Нәтийжеде, фотосинтез процеси кескин төменлеп, оның өнимдарлығы азаяды ҳәм элементлер алмасыныўына унамсыз тәсир көрсетиўи ақыбетинде топланған өнимниң бир бөлеги төгиледи.

___Ыссы температурасының бундай унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў ушын төмендеги илажларды әмелге асырыў талап етиледи:

___Усы жылдыӊ 3 июл күнинен баслап пахта ҳәм такирарый егинлерди тәрбиялаў бойынша 15 күнлик “Айрықша жағдай” дағаза етиледи.

___Бул дәӯир ишинде ўәлаят ҳәм районлардың барлық секторлары өзлериниң аймақларында тараўдың қәнигелери, тәжирийбели дийханлар ҳәм жуўапкер болған тараў шөлкемлери хызметкерлеринен ибарат штаблар қурайды. Бул штабларда күн-түни гезекшилик жолға қойылады.

___Фермер хожалықлары басшылары, механизаторлар, жумысшы ҳәм суўшылар толық далаға көшип шығады.

___Штаблар өзлериниң аймақларында ҳәр бир кластер ҳәм фермер хожалығы бойынша күнлик мағлыўматлар жүргизиўди жолға қояды.

___Аймақлардағы шарӯашылық, қусшылық ҳәм қойшылыққа қәнигелескен фермер хожалықларында топланған жергиликли төгинлер бийпул суўғарылып атырған атыз майданларына алып шығылады.

___Орынларда исленген суў штабларында әмелдеги суўдан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўде суўды гезеклеў системасы қатаң түрде енгизиледи.

___Суўды тек суў хожалығы министрлиги және оның система шөлкемлеринде исленген суў штаблары басқарады.

___Суў алдынан жойбарластырылған ҳәм тастыйықланған графиклер тийкарында такырарый егинлер ҳәм пахтаға гезеклеп жеткизилиўине суў штаблары жеке жуўапкер.

___Олардың искерлиги Агроинспекция ҳәм бас прокуратура тәрепинен қадағалап барылады.

___Аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўда суўшылар санын кеминде 2-3 ретке асырыў, оларға далада барлық шараятларды жаратыў ҳәм түнги суўғарыўға айрықша итибар бериў талап етиледи.

___Суўғарылып атырған ҳәр бир майдан әлбетте шербет усылында суӯғарылыӯы, суўғарыўды қысқа көшер салмалардан пайдаланған ҳалда ҳәм де әмелдеги майысқақ трубалар арқалы әмелге асырыў шәрт.

___Атап айтқанда, пахта ҳәм басқа аўыл хожалығы егинлерин кем суў менен, қарықларда суўды қолланбастан, мүмкиншилиги барынша тактикалық усыл менен суўғарыў керек. Бунда суўды салмаға жөнсиз ағызыўға қыянет деп қараў керек.

___Түнги суўғарыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаўын жолға қойыў ушын ҳәр бир секторда сектор басшысы басшылығында түнги суўғарыўды бақлаў топарлары дүзилиўи ҳәм ҳәр күни суўғарыўды анализ етип барыў системасы енгизиледи.

___Насослар ҳәм  қудықлар жәрдеминде суўғарылатуғын майданларға суўды үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде электр тəминаты кәрханалары хызметкерлерин толық тартыў.

___Жер асты ямаса салмалар суӯынан пайдаланыўды шөлкемлестириў мақсетинде қосымша түрде суў насосларын орнатыў ҳәм оларды электр энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў.

___Микроклимат пайда етиў ҳәм зыянкеслер кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде мүмкиншилиги барынша атыз әтирапларына суў себиў ушын барлық машина ҳәм агрегатлар қосылады.

___Жаўынлатып суўғарыў технологиялары енгизилген бийдай майданлардағы қайта егилген егинлерди  суў тежеӯши үскенелерди қоллап суўғарыўды шөлкемлестириў керек.

___Бул илажларды әмелге асырыўда орынларда район ҳәкимлери, секторлар басшылары, ҳәкимлердиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары, аўыл хожалығы ҳәм суў хожалығы бөлимлери басшылары, кластерлер басшылары ҳәм агрономлар, СИУ басшылары, суў хожалығы система шөлкемлери, агроинспекция хызметкерлери жеке жуўапкер есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы

Суў хожалығы министрлиги