Keshiresiz, bul teskt tek Ўзбекча tilinde bar

___Жыл басындағы дәслепки мағлыўматлар бойынша быйылғы жылдың суўғарыў дәўиринде суў там-тарыслығы бақланыўы болжанған еди.  Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 10-апрельдеги 199-санлы қарары қабыл етилип, онда 2021-жылда күтилип атырған суў там-тарыслығының унамсыз тәсирин жумсартыў, экономикалық тармақларды суў менен турақлы түрде тәмийинлеў, бар болған суў ресурсларынан ақылға муўапық пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.   ___Усы ўазыйпалардан келип шығып, суўды бөлистириў графиги…

___Ҳәзирги ўақытта дүньяда суўға болған мүнәсибет кескин өзгермекте. Сонлықтан да, ЮНЕСКОның қарары менен ҳәр жылы март айының 22-күни «Дүнья жүзилик суў ресурслары күни» деп, дағазаланды. ___Жылдан-жылға Әмиўдәрья арқалы республикамызға жетип келип атырған суў муғдарының азайып баратырғанлығы себепли биз ушын бул әҳмийетли мәселелердиң бири болып қалмақта. ___Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан Республикасының суў ресурслары жер үсти ҳәм жер асты суўларынан ибарат. Тийкарғы суў…