Ҳүрметли суўжожалығы хызметкерлери!
___ Мине, 2022 жыл жуўмақланып, ҳәммемиз жаӊа арзыўлар, үлкен-үлкен режелер менен Жаӊа – 2023 жылды күтип алмақтамыз.
___ Биз, бундай ўақытлары арқаға нәзер салып, жуўмағына жетип атырған жылда әмелге асырған жумысларымыз нәтийжесин көриўге ҳәм жаӊа режелер дүзиўге әдетленгенбиз.
___ Сонғы жылларда суў муғдары кем болғанына қарамастан пидайы суўшыларымыз халқымызға, дийхан фермерлеримизге вегетация мәўсиминде зәрүр муғдарда суў жеткерип бермекте. Нәтийжеде жуўмақланып атырған жылда бийдай, пахта ҳәм басқа да егислик жер майданларында аўыл хожалығы егинлериненмол зүрәәт жетистирилди.
___ Кирип киятырған Жаңа 2023 жылда “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары шеӊберинде әмелге асырылып атырған жумыслар жуўмағына жеткерилиўи, сондай-ақ усы жөнелистеги жойбарды даўам еттирип, Қарақалпақстанныӊ арқа районларындағы магистрал каналларды реконструкция ислеў бойынша ири жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
___ Республикамызда 2023 жылда аўыл хожалығы егин майданларында тамшылатып, жамғырлатып суўғарыў технологияларын кең енгизиў режелестирилген.Бул жумысларды әмелге асырыў нәтийжесинде суўдан үнемли пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жаратыўға имканият болады.
___ Исенип айтыўым мүмкин, суўхожалығыныӊ барлық буўынындағы хызметкерлер келеси жылда да алдымызға қойылған режелерди орынлаўда аянбай мийнет етеди.
___ Ҳүрметли суў хожалығы тараўы хызметлерлери!
___ Сизлерди, халқымызды кирипкиятырған Жаӊа жыл байрамы менен қутлықлайман ҳәм шаңарағыңызға бахыт-ǝўмет, ɵзлериңизге беккем ден саўлық тилеймен!
Кирип киятырған 2023 жылдадǝрьямызда суў мол болыўын Жаратқаннан сораймыз.
Жаӊа жылыӊыз қутлы болсын!
Ҳүрмет пенен:
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри А.Реимбаев