Суўшылар тәрепинен «Дослық» бағы жаратылмақта

___Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм оған қараслы мәкемелер тәрепинен Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик Fәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен абаданластырыў илажлары шеңберинде ҳәр бир хызметкердиң 30 түптен нәл егиў басламасы әмелге асырылмақта.

___Өткен жылы бәҳәрде «Дослық» каналының 252-пикетиндеги «Развилка» гидротехникалық қурылмасының әтирапында дәслепки суўшылар бағы жаратылған еди. Бүгинги күнде «Кегейли» магистрал каналының 114-пикетиндеги «Дослық» суў бөлистириў қурылмасының қорғаўдағы майданында екинши суўшылар бағы жаратылмақта.

___1-апрель күни ветеран суўшылар ҳәм жасы үлкенлердиң пәтиясы менен дәслепки нәллер егилди.

___Суўшылар тәрепинен бағдың әтирапын шарўа малларынан қорғаныў ушын жасалма тосықларды қурыў, бағқа киретуғын жерди абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

___– Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен бәҳәр мәўсиминде «Абаданластырыў бойынша 40 күнлик» жәрияланған еди,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов. –  «Суўшылар бағы»н жаратыў ҳәр жылғы бәҳәр мәўсиминде үрдиске айланбақта.

___Көпшилик мәсләҳәтлесип, жаңадан жаратылып атырған усы суўшылар бағын «Дослық» деп атаўды мақул көрди.

___Бир гектарлық жерге 325 түп алма, 155 түп ерик, 120 түп қәрели мийўе ағашларының нәли егилди. Соның менен бирге, системада жумыс ислейтуғын хызметкерлерди социаллық қорғаў ҳәм бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде бағдағы нәллердиң арасына ҳәм каналлардың қорғаў майданларында мийўе, овощь, палыз егинлери де егилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги