Qaraqalpaqstan Respublikası Suw xojalıǵı ministrligi wákilleri Qaraózek rayonında bolıp, tarawdaǵı tiykarǵı baǵdarlar boyınsha belgilengen wazıypalardıń orınlanıwın úyrendi hám dala sharayatında ótkerilgen seminarda ámelge asırılatuǵın wazıypalar belgilendi.    Rayondaǵı “Reymqul Berdali” fermer xojalıǵınıń atızında ótkerilgen ilajda suwdı únemleytuǵın suwǵarıw texnologiyaların engiziw, suw tutınıwshılarına ajıratılǵan suw limitleri sheńberinde shártnamalar dúziw sıyaqlı máseleler dodalandı.    Seminarda 2025-jılda bar suw resurslarınan paydalanıw…

   Усы жылы Ҳүкимет қарарлары ҳәм тийисли бағдарламалар тийкарында Қарақалпақстан Республикасындағы 4 каналда реконструкция, бетонластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Олардан бири Нөкис районындағы “Ақманғыт” каналы болып есапланады. Бағдарлама шеңберинде “Ақманғыт” каналының 9,5 километр бөлегин бетонластырыў белгиленген болып, бул жумысларға 9500,0 млн сум қаржы ажыратылған. Ҳәзирги күнде каналдың быйылғы суўғарыў мәўсимине шекем белгиленген бөлегинде бетонлаў жумыслары жуўмақланып, каналға суў ашылды. Итибарлысы, каналды…

   Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери Беруний насос станциялары ҳәм енергетика басқармасында орынлаў тәртиби ҳәм мүрәжатлар ҳәм ҳүжжетлер менен ислесиў жағдайын үйренди.    Үйрениў даўамында шөлкемде Нызамшылық ҳүжжетлери, министрликтиң буйрықлары, коллегия қарарлары, мәжилис протоколлары тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызамының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, “Едо.ижро.уз” электрон системасын енгизиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар…

  Xojeli rayonı “Suw jetkerip beriw xızmeti” mámleketlik mákemesi xızmetkerlerine suw tutınıwshıları menen olarǵa ajıratılǵan suw limitleri sheńberinde shártnamalar dúziliwi hám olardı belgilengen tártipte dizimnen ótkeriw máseleleri túsindirildi. Ámeliy seminar tárizinde ótkerilgen ilajda Qaraqalpaqstan Respublikası Suw xojalıǵı ministrliginiń Suw jetkerip beriw xızmeti jumısın muwapıqlastırıw bóliminiń baslıǵı E.Turdıbaev shıǵıp sóylep, suw tutınıwshıları menen olarǵa ajıratılǵan suw alıw limitleri sheńberinde suwdan paydalanıw…